Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Өзбекстан зергерлик санааты» атамасында көргизбе-ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жергиликли санаатты раўажландырыў бөлими баслығының орынбасары Н.Ещанов ашып, соңғы жылларда мәмлекетимизде зергерлик тараўын раўажландырыў бойынша системалы илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Илажға Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшылары, исбилерменлер, өнерментлер, қызығыўшы пуқаралар ҳәм республикамыздың зергерлик тараўында жумыс алып барып атырған кәрхана ўәкиллери қатнасты.

Көргизбени шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – зергерлик  өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар ҳәм оларды сатыў менен шуғылланыўшы исбилерменлер арасында шериклик байланысларын беккемлеў, ишки базарды импорттың орнын басыўшы өнимлер менен тәмийинлеў, халықтың зергерлик өнимлерине болған талабын қанаатландырып, қызығыўшылықларын және де арттырыў болып есапланады.

Илажда Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан “GAVHAR JEWEL GROUP”, “NUR STAR JEWELRY”, “CARAVAN SILVER”, “PREMIUM JEWELRY”, “ORNAMENT JEWELRY”, “GLOBAL UNIVERSAL SERVIS”, “SHOSH LOYAL GROUP”, “GOLD AFSONA” сыяқлы республикамыздағы жетекши зергерлик кәрханалары қатнасты.

Көргизбеге алтын, гүмис ҳәм басқа да баҳалы таслардан исленген заманагөй зергерлик буйымлары, тағыншақлар ҳәм аксессуарлар, сувенирлер қойылды.





Илаж даўамында қатнасыўшылар зергерлик буйымларын тамашалаў менен бир қатарда олардың сапасы ҳаққында толық мағлыўматлар алып, көргизбениң өзинде сатып алыў имканиятына ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги