Қарақалпақлардың 19-әсирдеги жәмийетлик-сиясий турмысында белгили орны бар Ережеп Қулшы бий улы Бухара әмирлигине қараслы аймақта туўылып өскени менен тийкарғы өмири төменги Әмиўдәрья бойларында, соның ишинде, бес қаланың бири болған Шымбай қаласында өткен. Ол кишкенелигинен жәмийетте жүз берип атырған теңсизликлерди әдиллик пенен шешиў ушын гүресип, жас гезлери түрли даў-жәнжеллерге де қатнасқан ҳәм халық арасында «Ережеп тентек» лақабы менен кеңнен танылған.
Өзиниң батырлығы ҳәм мәртлиги менен Хийўа ханының нәзерине түскен бий, соңын ала Аға баба бий лаўазымын ийелеўге ерискен. Шымбайда жасаўшы әўладларының айтыўына қарағанда ол 103 жасқа шығып қайтыс болған.
Ҳәзирги ўақытлары бий атамыздың үрим-путақлары тийкарынан Шымбай қаласы әтирапында жайласқан «Жәдик қыпшақ аўылы»нда жасап келмекте. 1998-жылы бий атамыздың әўладлары ҳәм жергиликли аймақ турғынлары тәрепинен көмек усылында усы аўылда жайласқан ески мектеп имараты орнына жаңадан 130 орынлық мектеп бинасы қурып бериледи. 2009-жылы болса, аймақта бала санының көбейиўине байланыслы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында мектепке қосымша 80 орынлық жаңа оқыў корпусы салып питкериледи.
-Деген менен бул оқыў корпуслары да бизиң мектебимиз оқыўшылары ушын азлық ететуғын еди,-дейди усы мектеп директоры Атағулла Өтемисов- Сонлықтан бизлер мектебимизге және қосымша имарат ҳәм спорт зал салып бериў ушын район ҳәм министрлик басшыларына мүрәжат етип жүрген едик. Бизлердиң бул мүрәжатымыз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жыл 23-24-февральдағы Қарақалпақстанға сапарында инабатқа алынып, мектебимизге арнаўлы протокол қарары тийкарында 96 орынлық 4 класс жайы ҳәм 12х24 өлшеминдеги заманагөй спорт зал қурып берилди. Буның нәтийжесинде мектебимиз педагоглары ҳәм оқыўшылары айтарлықтай кең имканият ҳәм мүмкиншиликлерге ийе болды. Бул олардың соңғы ўақытлары пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда қолға киргизген табысларында айқын көзге тасланады.
-Атап айтатуғын болсақ, мектебимиздиң 11 класс оқыўшысы болған Сәрбиназ Сейтназарова 9-10-классларда тарийх пәни бойынша өткерилген олимпиадада республикада 1-орынды ийелеўге миясар болды,-деп директордың пикирин тастыйықлады мектеп директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Жарылқасын Тағаев.-Сондай-ақ, 9-класс оқыўшылары Маҳмуд Пердебаев, 11-класс оқыўшысы Бийбиназ Мадияроваларда тарийх ҳәм математика пәнлеринен өткерилген пәнлер олимпиадасының районлық басқышында 1-орынды ийелеп, республикалық басқышқа мүнәсип түрде қатнасып қайтты. Олардан өрнек алған 8-класс оқыўшысы Шахноза Жаңабаева ҳуқық таныў пәни бойынша Тахтакөпир районы кубоги жарысында республикада 3-орынды ийелеген болса, 4-класс оқыўшысы Сабина Бердимуратова менталь арифметика бойынша Шымкент қаласында өткерилген халықаралық олимпиадада жеңимпаз атанып, мектебимиз жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөледи. Ол ҳәзирги күнлери Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өтетуғын халықаралық жарысқа пуқта таярланбақта.
Оқыўшыларымыз «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилип киятырған «Зәкаўат» ҳәм «Жас китапқумарлар» таңлаўында да районда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.
Соның менен бирге, мектебимизде муғаллимлеримиздиң де ис тәжирийбесин арттырып, олардың маманлығын жоқарылатыўға итибар қаратып киятырмыз. Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күни мектебимиз бойынша педагоглардың саны 37 болса, солардың барлығы да жоқары мағлыўматқа ийе, айырымлары өз пәнлери бойынша миллий ҳәм халықаралық сертификатларды қолға киргизиўге еристи. Олардан тарийх пәни бойынша муғаллим Руслан Қәлимбетов миллий, инглис тили пәни муғаллими Улзада Орынбаева, рус тили пәни муғаллими Лиза Жәдигеровалар С-1, инглис тили муғаллимлери Гүлназ Бердижалилова ҳәм Салиха Кәримбаевалар В-2 сертификатларына ийе. Сондай-ақ, мектепте 4 жоқары категориялы, 9 биринши категориялы, 9 екинши категориялы муғаллимлер жумыс ислейди.
Мектепти аралап муғаллимлердиң сабақ өтиў барысы менен танысар екенбиз, олардың өз кәсибине болған меҳири, ал, оқыўшылардың болса, билим ийелеўге деген ықласы ҳәм умтылыўшылығы айқын сезиледи. Бул жаслар өзлериниң мәрт бабасы Ережеп бий, аталары Қарақалпақстан халық художниги Қәўендер Бердимуратов, физика-математика илимлериниң докторы, профессор Марат Тағаев, тарийх илимлериниң кандидаты Алишер Қудияров, экономика илимлери бойынша философия докторы Кишибай Қудияровларға мүнәсип избасарлар болыў ушын жалықпастан билим-илим сырларын үйренбекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы