6,4 магнитудалы жер силкиниў эпицентри 272 мыңға шамалас халық жасайтуғын Ҳират қаласынан 34 км узақлықта жүз берди, деп хабар берди Европа-Жер орта теңизи сейсмология орайы.
Бираз өтип, 5 магнитудалы жер силкиниў мәмлекет батысында, Ҳираттан 28 км узақлықта анықланған.
Ҳәдийсе ақыбетинде үйлер қулап түскени, адамлар бүлгиншиликлер астында қалғаны айтылмақта.
Еслетип өтемиз, Аўғанстанда бир неше күн алдын да күшли жер силкиниў жүз берген еди. Ақыбетинде 2 мыңнан артық адам қайтыс болған еди.
Күни кеше Өзбекстан жер силкиниўден жәбир көрген аўған халқына гуманитарлық жәрдем жиберген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги