ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шөлкемлер менен биргеликте райондағы Нурлы бостан МПЖ да Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамы мүнәсибети менен «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Ҳаял-қызлар бахытлы болса, шаңарақ бахытлы болады, шаңарақ бахытлы болса, жәмийет бахытлы болады» атамасында мәҳелле ҳаял-қызлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда сөзге шыққанлар қатнасыўшыларды жақынласып қалған ең уллы, ең әзиз байрам менен қызғын қутлықлап, өткен дәўир даўамында басып өтилген қурамалы жолымызға тағы бир мәрте нәзер таслап, елимизде әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелерди қалыс баҳалаў ҳәм олардың мәниси ҳәм әҳмийетин халқымызға жеткериў мақсетке муўапық екенлигин атап өтти.
Соңғы жылларда халықтың мүрәжатларын тыңлаў, олар менен системалы ислесиў бойынша «мәҳелле кесиминде» ислесиў бойынша да халық пенен системалы жумыслар әмелге асырылды. Мәҳәлле институты кейинги жылларда халықшыл система ретинде раўажландырылып, әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардағы белсендилиги артты ҳәм жәмийетимиз турмысында беккем орын ийелемекте.
Соңғы жети жыллықта мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған реформалар, мәҳеллелердеги беслик системасы, атап айтқанда, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм жумыссыз ҳаял-қызлар, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар булардың барлығы реформаларымыз нәтийжеси екенин турмыслық мысаллар менен түсинтирип өтти.
Илаж даўамында мәҳәлле ҳаял-қызларының ақыл-ойды шынықтырыўшы шахмат ойынлары ҳәм район мәденият бөлиминиң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги