Тахтакөпир районындағы «Маржанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебинде аймақ турғынлары менен ушырасыў өкерилди.
Ушырасыў даўамында Маржанкөл МПЖ жуўапкерлери – «мәҳәлле беслиги»ниң әмелге асырлған жумыслары бойынша есабатлары тыңланды.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов шығып сөйлеп, мәҳәлле жуўапкерлериниң есабатларына өз пикир-усынысларын билдирди.
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған жаңа пәрман ҳәм қарарлар, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған қарарлар ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Депутат Б.Алдамуратов халық депутатлары Қараɵзек районлық Кеңеси секретариатының ўәкиллери менен биргеликте мәҳәлле хызметкерлериниң жумыслары менен танысыў ҳәм пикирлесиў мақсетинде райондағы Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында да болды.
Сәўбетлесиў даўамында «мәҳәлле беслиги»ниң алып барып атырған жумыслары менен танысып, мәҳәлле жуўапкерлериниң есабатларына пикир-усыныслар билдирилди.
Соң илаж қатнасыўшылары тәрепинен райондағы Қараөзек АПЖ аймағындағы социаллық объектлер, жаңа қурылыс-оңлаў жумысларының барысы, ишки көшелерди асфалътлаў жумыслары ҳәм оларда ислеўшилерге жаратылған шараятлар үйренилди. Аймақтағы исбилерменлик субъектлери, пуқаралар менен сәўбетлесиў өткерилип, олардың мүрәжатлары ҳәм машқалалары үйренилди.
Мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәниси, исбилерменлер ушын жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде район орайындағы Есим МПЖ аймағындағы «Жаңа Өзбекстан» турақ жай массивинде болды. 10,0 гектарлық жер майданында қурылып атырған «Жаңа Өзбекстан» массивинде 2022-2024-жыллар аралығында жәми 22, 5 қабатлы 654 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар салыныўы режелестирилген. Сондай-ақ, 330 орынлық улыўма билим бериў мектеби ҳәм 180 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, соның менен бирге, саўда ҳәм кеўил ашар орайы, улыўма аўқатланыў орны, аралас буйымлар саўда дүканы, хожалық хызмет жайы ҳәм воркоут аймағы қурылыўы режелестирилген ҳәм бул жумыслар бүгинги күнде қызғын даўам етпекте.
Ушырасыў даўамында пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм пикир-усыныслары тыңланып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги