Нөкис қаласындағы республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде баскетбол 3х3 бойынша Россия Федерациясының Москва қаласында болып өткен “Moscow Open Kids” халық аралық турниринде үшинши орынды ийелеп қайтқан “Aral Sea” командасының жас спортшыларын ҳәм тренерин сыйлықлаў мәресими болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри ўазыйпасын атқарыўшы А.Алланазаров, республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң директоры Д.Қалхоразов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, спортшыларды қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады.

Жарыста Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Белоруссия ҳәм Өзбекстаннан 8 команда қатнасты. Мәмлекетимиздиң атынан қатнасқан республикамыздың “Aral Sea” командасы халықаралық турнирде үшинши орынды ийеледи.

– Жарыста күшли ойыншылар қатнасты,– дейди  “Aral Sea” командасының тренери Рустам Сапарбаев – Соған қарамастан командамыз ярым финалға шекем жетип барды. Финалға жоллама алыў ушын Россияның “Дреам Теам” командасы менен болған ойында имканиятты қолдан берип, үшинши орынды қолға киргиздик.

Илаж соңында команда ағзалары ҳәм тренерине естелик саўғалары тапсырылды.












Қарақалпақстан хабар агентлиги