Хабарыңыз бар, Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасының ҳәм ўәлаятлардың орайларында бажыхана уйымлары бир-бир мектептен аталыққа алып, оларда оқып атырған жасларды миллий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларына қызығыўшылығын қәлиплестириў мақсетинде «Жас бажыханашы» дөгереклери жумыс алып бармақта.
Оқыўшылардың 2022-2023-оқыў жылында дөгерек шеңберинде шөлкемлестирилген теориялық оқыў-сабақларында алған билимлери, бажыхана постларына шыққан ҳалда әмелий оқыўлар менен беккемленбекте.
Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Жас бажыханашы» дөгерегиниң ағзалары усы мақсетте «Нөкис аэропорты» шегара бажыхана постында болып, оларға усы посттың жумыслары, бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетлениўдиң тәртип-қағыйдалары бойынша әмелий сабақлар өткерилди.
– Бажыхана қадағалаўы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи бойынша өткерилген оқыў сабақлары даўамында берилген теориялық билимлер, бажыхана постындағы қадағалаў техникалық қураллары, информациялық программалардан пайдаланыў бойынша әмелий жақтан алған билимлери оқыўшылар ушын үлкен көнликпеге айланды,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Және бул олардың бажыхана уйымларының жумыслары ҳаққындағы билимлериниң артыўына хызмет етеди.
Халықаралық аэропортта оқыўшылар бажыхана қадағалаўының әмелге асырылыўы, «қызыл» ҳәм «жасыл» коридорлардың әҳмийети, сканер қурылмаларының мүмкиншиликлери ҳәм анализлеў қәбилетлери ҳаққында түсиниклерге ийе болды.
Оқыўшылар көшпели оқыў-сабағы даўамында қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги