Өткен күни DRV Германия туризм ассоциациясыныӊ қурамындағы 70 тен аслам еӊ ири туристлик қәрханалары ўәкиллериниң  бир топары республикамызға келди.

 DRV – Германия туризм ассоциациясы туризм тараўындағы жетекши ассоциация болып, ол мәмлекет туризм базарыныӊ улыўма дәраматының дерлик 90 процентин өз ишине алған тараўдағы барлық  шөлкемлерди қамтып алады.

Сапар даўамында сырт елли туристлик кәрханалардың ўәкиллери соӊғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм тараўда жаратылған имканиятлар менен жақыннан таныспақта.

Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниӊ басламасы менен шөлкемлестирилген инфотур шеӊберинде мийманлар Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде, соӊ Арал теӊизи ҳәм Үстирт платосы, Мойнақ районында жайласқан бир қатар туристлик объектлер ҳәм дықкатқа ылайықлы орынлар, Хожели районындағы Миздақхан әййемги қаласында болып,  республикамыздың туристлик потенциалы менен жақыннан танысады.

Германия туристлик кәрханаларыныӊ мәмлекетимизге рәсмий  сапарыныӊ соӊғы күнинде Ташкент қаласында Германия ҳәм Өзбекстан туризм тараўындағы исбилерменлердиӊ қатнасыўында “Destination Forum” конференциясы ҳәм B2B ушырасыўы, буннан тысқары, европалылар ушын Өзбекстанды өзгеше туристлик бағдары сыпатында таныстырыўға  қаратылған презентациялар өткерилиўи режелестирилген.


Қарақалпақстан хабар агентлиги