Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Хожели районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.
Атап айтқанда, пуқара Н.Р. арза ийеси А.Ж.ның исенимине кирип, оған 3 миллион сумға таныслары арқалы имтиханнан өткерип, айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде етеди. Хожели районы орайында алдаўшылық жолы менен 3 миллион сум пулды алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 3 миллион сум пул айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Бул жағдай бойынша Департаменттиң Хожели районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 168-статьясы (алдаўшылық) 28, 211-статьялары (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги