Республикамыз бойынша усақлап сатыў товар айланысы усы жылдың январь-март айларында 1 трлн. 975 млрд. 489,8 млн. сумды қурап өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 11,0 процентке өскен.

Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (29,0 %), Төрткүл (9,7 %), Беруний (8,0 %), Хожели (8,0 %) ҳәм Әмиўдәрья (7,0 %) районлары усақлап сатыў товар айланысының өсиўине унамлы тәсирин көрсетти.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-августтағы «Өзбекстан Республикасының миллий статистика хызметин жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалар, мәмлекетлик статистика системасын түп-тийкарынан реформалаў, статистикалық анализлеўдиң заманагөй усылларын әмелиятқа енгизиў, көрсеткишлерди баҳалаў критериялары ҳәм есабат формалары халықаралық талапларға ҳәм стандартларға жуўап бере алыўы, исенимлилигин тәмийинлеўге, статистикалық мағлыўматлардың ашық-айдынлығына хызмет етеди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Сыртқы экономикалық байланыс ҳәм саўда статистикасы бөлиминиң баслығы Полатбек Боранбаев.

Аўқатланыў кәрханаларын қосқан ҳалда усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 1012,0 мың сумды қурап 109,5 процентти қурады. Орташа жан басына товар айланысының ең жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.

Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардың экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.

2022–жыл январь-март жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниң товар айланысы өткен жылдың усы дәўрине салыстырғанда 106,5 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниң үлеси 89,6 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлериниң усақлап сатыў тараўындағы үлеси салмақлы болды.

Киши бизнес субъектлериниң мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына қосып атырған үлеси, ислеп шығарып атырған өнимлери, көрсетилип атырған хызметлериниң барлығы статистикалық есабатлар арқалы көрсетиледи. Статистика-бул белгили бир сорамда исленип атырған экономикалық-социаллық раўажланыўдың көринислери, реформалардың орынланыўын бақлап, таллап, пуқта етип ҳәм бул ҳаққында мағлыўматларды таярлап барыўшы тараў болып табылады.

Мәмлекетлик статистика уйымлары Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети тәрепинен исбилерменлик орталығын жақсылаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў, исбилерменликке және де кең еркинликлер бериў бойынша қабыл еткен пәрман ҳәм қарарлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеп, исбилерменлерге бәрқулла сүйениш болыў ушын барлық зәрүр илажларды көрип барады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги