Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында Халықаралық шөлкемлер миссияларының ўәкиллери ҳәм сиясий партиялар ўәкиллери қатнасыўында баспасөз әнжуманлары болып өтти.
Онда бир қатар халықаралық бақлаўшылар миссиялары мәмлекетимизде өткерилген референдум процеси бойынша өз жуўмақларын билдирди.
Сондай-ақ, сиясий партиялар басшыларының қатнасыўындағы баспасөз әнжуманында партиялар жетекшилери Конституциялық нызам жойбарын жетилистириў, улыўма халықлық додалаў даўамындағы ҳәрекетлер, бул процессте партия шөлкемлери менен белсендилериниң қатнасы бойынша мағлыўмат берди.
Конституциялық нызам жойбарында ҳәр бир партияның бағдарламалық мақсет-ўазыйпалары, электораты мәплери ҳәм партиялар тәрепинен берилген усыныслардың айырымлары Конституция текстинде өз көринисин тапқаны айрықша атап өтилди.
Партия басшылары Өзбекстан Республикасы референдумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслеринде партия шөлкемлери ҳәм депутатлық топарларының қатнасына да тоқтап өтти.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы