Соңғы пайытлары Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен келешек ийелери болған биз жасларға жоқары итибар қаратылмақта. Елбасшымыздың орынлардағы экономикалық реформалардың барысы, абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслар менен танысыў және халық пенен пенен пикирлесиў мақсетинде республикамыз бойлап әмелге асырып атырған сапар етиўлериниң бәринде жаслардың турмысы, умтылыслары, тәлим-тәрбиясы, ең әҳмийетлиси, бәнтлигине тийкарғы дыққат-итибар қаратылып, бул бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта.
Бизге қаратылып атырған буныңдай итибар пүткил Өзбекистан, соның ишинде, Қарақалпақстанлы барлық жаслар қатарында баспасөз тараўында жумыс ислеп атырған мениң жеке өзимди де айрықша толқынландырып, кеўилимде бул жоқары исенимге үлкен дөретиўшилик жумыслар менен жуўап қайтарыўдай сезимлерди пайда етпекте.
Әсиресе, «Жаслар күни», деп белгиленген, 30-июнь сәнесинде Президентимиздиң басшылығында болып өткен «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайы пүткил Өзбекистан жасларының турмысында оғада әҳмийетли ҳәм умытылмас тарийхый сәне болып қалатуғыны сөзсиз.
Еркин ҳәм ашық пикирлесиў руўхында болып өткен қуралтайда Президентимиз биз жаслардың пикир-усынысы, арзыў-нийетлери ҳәм социаллық мақсетлери менен жақыннан танысып, 2001-жылы шөлкемлестирилген «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң усы өткен жыллар ишиндеги талапқа жуўап бермейтуғын жумысын анық дәлиллер менен ҳәр тәреплеме сынға алды. Сондай-ақ, Президентимиздиң елимизде буннан былай да жаслардың шын мәнисиндеги сүйениши менен таянышы бола алатуғын улыўма жаңа шөлкем – Өзбекистан Жаслар аўқамын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы, усы жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан Жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы Өзбекистандағы барлық жаслардың өмириндеги қуўанышлы ўақыя болды, деп беккем исеним менен айта аламыз.
Президентимиз тәрепинен жаңа шөлкемниң ҳуқықый статусын, оның турмысымыздағы орнын ҳәм абыройын арттырыўға айрықша итибар қаратылып, Өзбекистан Жаслар аўқамының баслығы, соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты бойынша мәмлекетлик кеңесгөйи лаўазымында жумыс алып барыўы, сондай-ақ, ол Президент пәрманына бола Олий Мажлис Сенатының ағзасы етип тайынланыўы белгиленди.
Пәрманда жаңа шөлкемниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, шөлкемниң билимли, инталы, шөлкемлестириўши, пидайы жас баслықларынан кадрлар резервин жаратыў мақсетинде Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының жанында «Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты»н шөлкемлестириў белгилеп берилди. Бул дегени, келешекте усы институтта билимин ҳәм маманлығын арттырған жаслар ҳәкимликлер менен министрликлер системасына басшы лаўазымларына талабан етип таярланады.
Елимизде түрли тараўларда жоқары нәтийжелер менен табысларға ерисип атырған жасларды сыйлықлаў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған «Мәрт жигит» ҳәм «Келешек дөретиўшиси» мәмлекетлик сыйлықлары биз жасларды өз үстимизде еле де тынбай излениўге жигерлендиретуғыны, ал буннан былай «Темурбеклер мектеби» деп аталатуғын республикамыздағы барлық әскерий академиялық лицейлер болса, уллы бабамыз Саҳыпқыран Әмир Темурдың Ўатанға садықлық, ел-журтты қәдирлеў, мәртлик, пидайылық ҳәм әдиллик сыяқлы жоқары пазыйлетлерине шын берилгенлик руўхында тәрбиялайтуғыны сөзсиз, әлбетте.
«Әдебият жасаса – миллет жасайды». Жасларды ана-Ўатанға муҳаббат сезимлери менен тәрбиялаўда, олардың руўхый дүньясын байытыўда әдебияттың, китапқумарлықтың орны оғада гиреўли болып табылады. Усы жыл 12-январь күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында республикамызда бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.
Пәрманға бола шөлкемлестирилип атырған Өзбекистан Жаслар аўқамының «Түркистан» ҳәм «Молодёжь Узбекистана» газеталары, «Ёш куч» журналы және жаслардың басқа да басылымларын басып шығарыўға қәнигелескен «Жаслар баспа үйи» ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси Республикалық Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте «Қизларжон» журналының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, «Yoshlar» телерадиоканалы» АЖның 50 процент акциялары Жаслар аўқамына берилиўи бизиң илимий ҳәм дөретиўшилик жумысларымыздың нәтийжелирин, илим ҳәм әдебиятқа болған қызығыўшылығымызды, жаслар сиясатына байланыслы әҳмийетли жаңалықларды кеңнен сәўлелендириў имканиятын береди.
Усы бағдарда 11-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде болып өткен Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириў мәжилисинде республикамыздың белсенди жаслары тәрепинен Қарақалпақстан жаслары ушын жергиликли «Жаслар» телеканалын шөлкемлестириў ҳәм миллий ойынлар фестивалын өткериў бойынша билдирген усыныслары оғада орынлы, деп ойлаймыз.
Улыўма айтқанда пәрманда Өзбекистан жаслар аўқамы системасында белсене ислеп атырған жаслар, соның ишинде, жоқары оқыў орынларында оқыў нийетиндеги болажақ студентлер, исбилермен ҳәм фермерлер, жәмлеспеген, мүмкиншилиги шекленген жаслар ушын да көплеген мүмкиншиликлер жаратылмақта.
Ең әҳмийетлиси турақ жай мәселеси. Себеби, Ўатан – шаңарақтан басланады. Президентимиз тәрепинен мине, бир неше жылдан берли жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырған жасларды жеңиллетилген ипотека кредитлери тийкарында турақ жай менен тәмийинлеў мәселеси турақлы дыққат-итибарда болып келмекте. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы бойынша көплеген үлгили жас шаңарақлардың турақ жайға ийе болып атырғаны пикиримизди айқын дәлиллейди.
Пәрманда бул мәселеге айрықша итибар қаратылған болып, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында белсене қатнасып киятырған жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың турақ жай ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў мақсетинде 2018-2021-жылларда нәзерде тутылған Жаслар үйлерин қурыў бағдарламасын ислеп шығыў белгиленген.
Жаратылған усындай имканиятлар, қаратылып атырған айрықша итибар, әлбетте, биз жасларды үлкен дөретиўшиликлерге жетелейтуғыны сөзсиз.
Мақаламыздың жуўмағында ҳүрметли Президентимиздиң қуралтайда келтирип өткен «… Әйне пайытта жаслардың аудиториясына қәнигелескен ғалаба хабар қураллары да өз жумысын түп-тийкарынан өзгертиўи лазым. Бәринен бурын, қуры рәсмий гәплерден қашыў, сын талқылаў, креативлик қатнас, бүгинги турмысты пүткил көлеми, мазмуны, керек болса, қыйыншылығы менен сәўлелендириўде журналистлеримиз белсендилик көрсетиўи керек. Өткир ҳәм әҳмийетли машқалаларды сизлер айтпасаңыз, бәрибир халықтың өзи айтады. Ақыры, сизлердиң ўазыйпаңыз турмыстан бир қәдем алдында жүриў емес пе?», деген сөзлери өз жумысын жақында баслап атырған усы жаслардың бири мени де жақсы арзыў-нийетлерге талпындырып атырғанын жасыра алмайман. Теңгениң еки тәрепи бирдей болмағанындай, шынында да айырым жуўапкер адамлардың жасларға мүнәсип қатнаста болмай атырғаны, буның себебинен жәмлеспеген, жынаят көшесине кирип кетип атырған жаслардың көбейип атырғаны бар гәп. Усы көз-қарастан қарағанда бизге буннан былай да жаслардың турмысы, оларға жаратылып атырған кең көлемли имканиятлар, сондай-ақ, олардың ой-кеширмелери, арзыў-нийетлери, әҳмийетлиси, оларды қыйнап атырған мәселелерди де ҳәр тәреплеме үйренип, олар менен кеңнен танысыўдай жуўапкершиликли ўазыйпаның жүклениўи оғада орынлы болып табылады.
Ч.ЕЛМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги