Үй бийкелери ҳәм кәсип-өнер колледжин питкерген қызлар ушын республикамыздың 9 районында ҳәм пайтахтымыз Нөкис қаласында «Экономикалық  мүмкиншиликлерди кеңейтиў ҳәм аўыл ҳаяллары ушын киристиң турақлы дәреклерин жаратыў арқалы шаңарақ институтын беккемлеў» атамасындағы семинар-тренинг өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилип атырған илаж БМШ ның Аралбойы аймақларын раўажландырыўға байланыслы жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.

Семинар-тренинглерде еки ай даўамында 400 ге шамалас ҳаял-қыз жеке исбилерменлик жумысын режелестириў ҳәм жолға қойыў, шаңарақтың кирисин ҳәм шаңарақ бюджетин жобаластырыў бойынша мағлыўмат алыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, ҳәр бири еки күн даўамында   оқытылатуғын 17 топардан ең белсенди, анық режелестирилген бизнес-режесине ийе ҳаял-қызлар таңлап алынып, Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайының жәрдеминде олардың кредит алыўы ҳәм жеке бизнеслерин баслаўы  режелестирилген.

Ең соңғы семинар-тренинглер усы орайдың Ферғана ўәлаятлық бөлими тренери Б.Мирзаев, Ташкент қаласынан орайдың тренер жәрдемшиси (тренер-консультант) В.Эрметовалардың басшылығында 21-22-июль күнлери пайтахтымызда өткериледи.

 

А.НАЗАРОВА,

Бердақ атындағы ҚМУдың журналистика тәлим  бағдары 1-курс студенти

(Қарақалпақстан хабар агентлиги).