Шымбай районы Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны Төпе аўыл елатында жасаўшы бул апамызды бүгин тек ғана республикамызда емес, ал, АҚШ, Англия, Франция, Германия, Россия, Испания, Түркия, Аргентина, Қазақстан, Аўғанстан ҳәм тағы басқа да еллер де жақсы таныйды. Өзиниң ҳадал маңлай тери, мийнеткешлиги, он бармағынан өнери тамған шеберлиги менен елге танымалы Жүзимгүл апа Әлимбетованы елимизде өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери, әсиресе, аўыллардағы қыз-келиншеклер өзлерине қанша өрнек етсе де арзыйды.

-Кишкенелигимде анам Бегзаданың қасында жүрип көйлек, қурақ көрпеше, шымылдық, ший, шыпта тоқыў, ҳәр қыйлы миллий тағамлар таярлаў сырларын үйрендим,-дейди Жүзимгүл апа.-1966-жылы усы Төпе аўыл елатына келин болып түскенимде, бул аўылдағылар қамыстан плита басыў менен шуғылланады екен. Мен үйде қарап отырмайын деп, қамыстан ший, жекеннен шыпта тоқып, қурақ көрпеше, шымылдық тигип қоңсы-қобаларға, соңын ала Шымбай базарына шығарып сата басладық. Ол жыллары аўыллардағы үйлердиң дерлик барлығы қамыстан қақыра жай салып, еденине шыпта төсеп отыратуғын еди. Сонлықтан бизлердиң таярлаған өнимимизге талап күшли болып, менде халқымыздың бул қол өнерине деген қызығыўшылық және де артты. Соңынан шийлерге ҳәр қыйлы түрдеги жип сабақлар арқалы миллий нағысларды тоқып сата басладым.




Соңғы жыллары елимизде халқымыздың миллий қәдириятларын, соның ишинде, миллий  өнерментшилигимизди қайта тиклеў, туризмди раўажландырыўға қаратылған дыққат-итибардың нәтийжесинде, Жүзимгүл апамыздың да талабы алға өрлеп, оның мийнетлери мүнәсип баҳалана баслады.

-Анамның республикамыздың ғалаба хабар қуралларында басылып шыққан материаллары ҳәм интернет тармағында шыққан   видеолары, оннан қалаберсе туристлик компаниялардың гидлери арқалы үйимизге қарақалпақ халқының миллий қол өнерин көриў, зағара, пәтир, қатлама, баўырсақ, түйетаўық салынған жүўери гүртик, ийжан, тары тақан, қаўын қақ ҳәм тағы басқа да тағамларынан татып көриў ушын АҚШ, Англия, Франция, Германия, Россия, Испания, Түркия, Аргентина, Қазақстан, Аўғанстан ҳәм тағы басқа да еллерден саяхатшылар келип  үйимизде қонақ болды,-дейди Жүзимгүл апаның генже улы Қайыпберген.-Туристлер көбинесе жаз мәўсиминде көбирек келеди. Бизлердиң жасаў шараятымызды көрип сырт елли мийманлар таң қалысады. Жақында Мессидиң аўылынан бир саяхатшы келип, меннен футболға қызығатуғынлығымды, ким деген футболшыларды таныйтуғынымды сорады. Мен өзимниң футболға қызығатуғынлығымды, Месси ҳәм Роналду сыяқлы футболшылардың ойынларын сүйип тамашалайтуғынымды айтып бердим. Кейин ол маған өзиниң Мессидиң аўылынан екенин айтты. Өткен жылы бир топар немислер саяхатқа келип, үйдиң алдындағы ақталдың астында дем алып, қарақалпақтың миллий тағамларынан дәм татып кетти.

-Бизлердиң азғана өнеримизди қәдирлеп, көпшиликке танытып атырған Шымбай районы ҳәкимлигине, Өнермент бирлеспеси, халқымыздың сүйикли қосықшысы Айымхан апа Шамуратованың ақлығы Айжамалға көп-көп рахмет айтаман,-дейди Жүзимгүл апа.-Усындай қайырқом шөлкемлер ҳәм жақсы инсанлардың қоллап-қуўатлаўы арқасында, 2020-жылы «Мўътабар аёл» көкрик белгиси республикамыздың бурынғы басшысы Муса Ерниязовтың қолынан алыўға миясар болдым. 7 перзентти камалға келтирип, олардан ақлық-шаўлық сүйип, өз өнеримди келинлериме, ақлықларыма үйретип киятырман.

«Өнерлиниң қолы алтын» дегениндей өзиниң шеберлиги менен қамыстан ший, жекеннен шыпта тоқып, миллий тағамлар таярлап сырт елли саяхатшылардың нәзерине түсип, елимизге шет ел валюталарының кирип келиўине өзиниң үлесин қосып киятырған апамызға беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы