Өзбекстанда 6 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметкерлер басланғыш медициналық тексериўден өткерилди.
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм ҳәкимликлер менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм барлық ҳәкимликлерде жумыс алып барып атырған жәми 5 744 мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер медициналық тексериўден өткерилди.
Хызметкерлер 10 нан аслам түрдеги басланғыш медициналық тексериўден өткерилди.
Медицина хызметкерлериниң жуўмақларына бола, ҳәкимлик хызметкерлериниң арасында ас сиңириў органлары (созылмалы гастрит), жүрек қан тамыр (артериал гипертония), нерв системасы (остеохондроз), көз ҳәм эндокрин (қантлы диабет ҳәм семизлик) сыяқлы кеселликлер анықланды.
Кеселлик анықланған хызметкерлер емлениўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў илажларын көриў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине тийисли көрсетпелер жиберилген.
Мағлыўмат ушын, «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы нызамда мәмлекетлик пуқаралық хызметкерге медициналық хызмет көрсетиў социаллық қорғаў илажы сыпатында кепилленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги