Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың ийгиликли арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, өзиниң таланты, излениўшеңлиги, әҳмийетли идеялары ҳәм басламалары, үлгили әмелий жумыслары ҳәм ерискен жетискенликлери менен елимиздиң  жасларына өрнек болып киятырған, социаллық-экономикалық турмысымыздағы өзгерислер процесинде белсене қатнасып, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында бар күш-ғайраты, заманагөй билим ҳәм тәжирийбеси, руўхый-интеллектуаллық потенциалын көрсетип атырған қызларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-марттағы қарары тийкарында,  республикамыздан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  3-курс студенти Ҳүрлиман Нийетбаева ҳәм  Әмиўдәрья районындағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Барно Самандаровалар Зульяфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған еди.

Әмиўдәрья районында Барно Самандарованың қуўанышын бирге бөлисиў ҳәм оны қутлықлаў мақсетинде, район ҳәкимлиги тәрепинен салтанатлы илаж шөлкемлестирилди.

Онда район ҳәкими Султанбай Йўлдошев шығып сөйлеп, Барно Самандарова, оның ата-анасы ҳәм устазларын Зульяфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алғаны менен қутлықлады ҳәм қызды тәрбиялап камалға келтирген билимлендириў тараўы хызметкерлерине терең миннетдаршылық билдирди.






Илажда мәмлекетлик сыйлық ийеси Б.Самандарова, оның устазлары ҳәм ата-аналары шығып сөйлеп, өзлерине қаратып атырған бундай жоқары итибары ушын Президентимизге, республика ҳәм район басшыларына рахметлер айтып, өзине билдирилген бул жоқары исенимди инабат пенен атқарыўға ўәде берди.

Кешеде район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлық ийеси Б.Самандароваға ноутбук, ата-анасы  ҳәм устазларына сыйлы саўғалар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы