7-март күни Ташкентте Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер арнаўлы ўәкиллериниң биринши ушырасыўы болып өтти.
Илажға қатнасқан Өзбекстан, Иран, Қытай, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм Түркменстан ўәкиллери Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай, мәмлекеттеги жағдайды тәртипке салыў ҳәм узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылықты орнатыў мәселелерин додалады.
Ушырасыў алдында аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў, мәмлекеттеги кризисти тыныш жол менен шешиў бойынша регионаллық ҳәрекетлерди бирлестириў, тез ўақыт ишинде мәмлекетте кең ўәкиллик тийкарында инклюзив ҳүкимет дүзиў, инсан ҳуқықлары, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм миллий азшылық ҳуқықын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем жүклерин жеткерип бериў ушын оның менен шегаралас Термиз қаласында көп тармақлы транспорт-логистика хабын қурдық. Бүгин БМШтың ҳәр қыйлы структуралары тәрепинен жедел қолланылмақта,-деди Президенттиң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Президенти Термизде Аўғанстанды гуманитарлық қоллап-қуўатлаў қорын дүзиў басламасын алға қойған еди. Қордың жумысы ушын усы хабтың заманагөй инфраструктурасынан пайдаланылады.
Мәжилис ўақтында Термиздеги Билимлендириў орайында аўған жасларын оқытыў жумысына үлкен әҳмийет қаратылып атырғаны, бул болса, өз гезегинде Аўғанстан халық хожалығы ушын жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаў имканиятын жарататуғыны айтылды.
Сондай-ақ, ўақытша ҳүкимет тәрепинен Аўғанстанда халықаралық террористлик шөлкемлердиң ҳәрекетине, сондай-ақ, усы мәмлекет аймағынан қоңсы мәмлекетлерге ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге жол қоймаў бойынша өз миннетлемелерин орынлаў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.
Арнаўлы ўәкиллер Аўғанстанға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, атап айтқанда, пандемия дәўиринде гуманитарлық жәрдемин көрсетиў ҳәм азық-аўқат кризисине жол қоймаў бағдарындағы илажлар бойынша пикир алысты.
Буннан соң, мәжилис жабық форматта даўам етти. Оның жуўмағында Исматулла Иргашев миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерди. Кейинги хабарларда брифингте атап өтилген мағлыўматларды толық беремиз.ӨзАны бақлап барың.
Беҳруз Худойбердиев, Муҳаммад Амин (фото), ӨзА