«8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» меҳрийбан аналарымыз, дилбар қызларымыз, шаңарағымыздың уйтқысы болған үй бийкелерине деген айрықша ҳүрметтиң көриниси сыпатында тән алынады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илажда шығып сөйлегенлер жыйналғанларды жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги гиреўли орны ҳақкында айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде филиалда жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 43 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олардың арасынан 2 илим кандидаты, 5 доцент ҳәм 1 профессор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелериниң бар екенлиги жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады. Сондай-ақ, 2022-жылы филиалдың төрт студент қызы  мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды.

Илаж соңында қатнасыўшыларға байрам саўғалары тапсырылды. Байрам қатнасыўшылары байрам илажын шөлкемлестиргени ҳәм усындай итибар ушын шексиз миннетдаршылықларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги