Ташкент қаласында Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер арнаўлы ўәкиллериниң биринши ушырасыўы басланды. Бул ҳаққында СИМ хабар бермекте.

Илажға қатнасып атырған Өзбекстан, Иран, Қытай, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм Түркменстан ўәкиллери Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай, мәмлекеттеги жағдайды тәртипке салыў ҳәм узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылықты орнатыў бойынша тәреплердиң өз-ара бирге ислесиў мәселелерин додалайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги