Усы жылдың 13-15-март күнлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Фолькер Тюрк басшылығындағы делегация Өзбекстанға келеди.
Сапар даўамында Фолькер Тюрктиң Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директоры Акмал Саидов пенен ушырасыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, жоқары комиссар Жоқары суд баслығы, Бас прокурор, Ишки ислер ҳәм Әдиллик министрлери сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) менен ушырасыў өткереди.
Сапардың екинши күнинде Фолкер Тюрк Қарақалпақстан Республикасына сапар етип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев пенен ушырасады, Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде болады ҳәм бир қатар илажларда қатнасады.
Жоқары комиссар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Т.Норбева менен ушырасып, Өзбекстанда инсан ҳуқықлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикир алысыў да сапар режесинде бар.
Шуҳрат Неъматов, ӨзА