Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм «Америка Овози» арасындағы өз-ара түсинисиў меморандумы жаңаланды.
Ҳүжжетке онлайн түрде ӨзА бас директоры Абдусаид Кўчимов ҳәм «Америка Овози» киретуғын АҚШ Глобал Медиа Агентлигиниң Маркетинг директоры Адам Гартнер қол қойды.
Меморандум ӨзА ҳәм «Америка Овози» арасында Өзбекстан, АҚШ ҳәм дүньядағы әҳмийетли ўақыялар ҳаққында турақлы түрде мағлыўмат алмасыў, әҳмийетли темаларда биргеликте арнаўлы репортажлар таярлаў, сүўрет, видеөнимлер алыў, медиа-контент алмасыў, хызметкерлердиң өз-ара әмелият өтеўи сыяқлы имканиятларды жаратады.
ӨзА