Нөкис кәншилик институтында  студент-жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм оларды  китап оқыўға тартыў мақсетинде “Китаплар кәрўаны” акциясы өткерилди.

Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен жәрияланған акцияға профессор-оқытыўшылар менен студент-жаслар белсене қатнасты. Олар өзлери оқып болған түрли мазмундағы китапларды институттың мәлимлеме-русурс орайына алып келип тапсырды. Солай етип, өзлери де жаңа китапларды алып оқыў имканиятына ийе болды.


Бундай акцияларды тез-тез өткерип турыў басламасы қызғын  қоллап-қуўатланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги