Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң мирәт етиўи менен 20-21 февраль күнлери әмелге асырылған рәсмий сапары дүнья жәмийетшилигинде айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Ҳәр қандай мәмлекеттиң экономикасының раўажланыўы халықаралық сиясат майданында өз-ара шериклик, мәпдарлық дипломатияға байланыслы. Египет Араб Республикасы әййемги дәўирден баслап, тарийхы, мәденияты, қәдириятлары, цивилизациясы менен дүнья халықлары мәдениятының раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятырған мәмлекетлердиң бири болып есапланады.

Бул тарийхый ушырасыў барысында өз-ара инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға келисип алынды. Еки мәмлекет экономикасы бир-бирин толықтырып турыўшы қәсийетке ийе екенлигинен келип шығып, 5 анық бағдарда – газ-химия, тоқымашылық, электротехника, зергерлик ҳәм фармацевтика тармақларында бирге ислесиў илажлары белгиленип алынды. Санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары рентабелли қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстандағы еркин экономикалық зоналар имканиятларынан пайдаланыў усыныс етилди.

Энергетика тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Египетти байланыстырып турған транспорт жолларын раўажландырыў илажлары да додаланды. Мәдений-гуманитарлық ҳәм диний байланысларды раўажландырыўдың әҳмийети атап өтилди. Араб тили қәнигелерин таярлаў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди. Өзбекстан Президенти 2024-жылда Арабтаныў глобал форумын биргеликте шөлкемлестириў басламасын алға қойды.

Президентлер Египеттиң “Назар – 2030” стратегиялық режеси ҳәм Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар бир-бирине тығыз байланыслы екенлигин атап өтти.

Халықларымызды улыўма дин, уқсас дәстүр ҳәм үрп-әдетлерге тийкарланған әзелий дослық қатнасықлары байланыстырып турады. Усы мүнәсебет пенен илим ҳәм билимлендириў алмасыўлары, улыўма тарийхый ҳәм мәдений мийрасымызды биргеликте үйрениў, жаслар арасындағы дөретиўшилик байланысларды күшейтиў мәселелери еки тәреплеме мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў күн тәртибинде айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди. Өзбекстан-Египет дипломатиясында ҳәр бир тараўда дүзилген шәртнамалар, бирге ислесиўлер ертеңги күнимизде Жаңа Өзбекстанды қурыўда өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

Қ.ЮСУПОВ

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары .

Қарақалпақстан хабар агентлиги