Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының Телекоммуникация технологиялары ҳәм кәсиплик тәлим факультетинде усы атамада ушырасыў кешеси өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Н.Абдакимов, ҳәкимшилик суды судьясы А.Салиев, Нөкис қалалық ҳәкимшилик судының баслығы Б.Досымбетов, Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, нызамлардан ҳуқықый түрде пайдаланыў ҳаққында  түсиниклер берилди.



Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан болып, Миллий стратегия шеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги ПҚ-46-санлы қарары тийкарында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол карта» тастыйықланды.

Баслы мақсет – БМШ тың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққындағы Декларациясының қағыйдалары ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў болып есапланады. Сондай-ақ, халықтың инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳаққындағы миллий ҳәм халықаралық стандартлар бойынша хабардарлығын арттырыўдан ибарат.

Илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги