Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша басқармасы менен биргеликте өткен жылы октябрь айында жәрияланған «Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм изертлеўлер» атамасындағы таңлаўының ең жақсы видеоролик номинациясында биринши орынды Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының мәлимлеме-медиа қәнигеси Нурмуҳаммед Жумағулов жеңип алды.

Таңлаў Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы, БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасы ҳәм Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим-тәрбия ҳаққындағы декларациясына бағышланды. Мақсет – инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў ҳәм изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, халқымыз арасында инсан ҳуқықлары мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Илаж елимизде 20-февральдан 28-февральға шекем даўам ететуғын «Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги» шеңберинде шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги