«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-65-санлы, 22.02.2023-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Өзбекстан менен Түркия Республикасы арасында жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим тастыйықланды.

Бул келисимге 2022-жыл 29-март күни Ташкент қаласында қол қойылған.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги сондай-ақ, Бажыхана комитети усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйымлар етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргенинен кейин Өзбекстанның миннетлемелериниң орынланаўын тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги