Социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районындағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде қурылып атырған 5 қабатлы 30 квартиралы турақ жай имаратларынан бириниң текшеси қулап түскени ҳаққында хабарлар тарқалды.
Усы объекттеги қурылыс жумысларына жуўапкер болған «Иморат Қурилиш конструкция» ЖШЖ басшысы Мақсет Бекимбетовтың айтыўынша, бул имаратта 2022-жыл май айында қурылыс жумыслары басланған болып, 2023-жыл 3-февраль күни имараттың 3-қабатына текшелер орнатылған. 7-февраль күни оларда жарық пайда болып, қулап түскен.
«Бизлерге текшелерди жеткерип берген кәрхана басшыларын шақырып, жағдайды көрсеттик. Шәртнамалар бар. Ақшалары банк кредитлери арқалы төленген. Баска подъездлерге де бул текшелер қойылған еди. Көп ўақыт өтпей, алып тасладық. Оларды алмастырып, улыўма 9 текшени жаңадан қурып беретуғын болды», – деди Мақсет Бекимбетов.
Район ҳәкимияты баспасөз хызметиниң берген мағлыўматы бойынша, бул текшелер «Тақыятас Тау Кита» темир-бетон заводы тәрепинен тийисли шәртнама тийкарында жеткерип берилген.
Ҳәдийседен жәбирленгенлер жоқ. Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша прокуратура ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги