Бахрейн мәлимлеме агентлиги – «BNА» сайтында Қытай Өзбекстанда қуяш электр станцияларын қурыў ушын 2 миллиард доллар инвестиция киргизиўи ҳаққында мәлимлеме жәрияланды.
Хабарда қол қойылған келисимге тийкарынан, тиккелей киргизилген инвестиция нәтийжесинде жылына 5 миллиард киловатт/саат электр энергиясы ислеп шығарылып, 1,3 миллиард метр/куб тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисилетуғыны атап өтиледи. Мақалада бул қуяш фото электр станцияларының дәслепки қуўатлылығы усы жылдың ақырына шекем электр энергиясын ислеп шығарыўды баслап, 2024-жылы толық қуўатлылықта иске қосылатуғыны да белгиленген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА