Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы барлық шаңарақлық поликлиникаларда  фермерлер, дийқанлар, бағманлар ҳәм аўыл хожалығының басқа да қәнигелери, олардың шаңарақ ағзалары толық түрде бийпул медициналық тексериўден өткерилип, өз саламатлықларын беккемлемекте.

– Бул илажлар аўыл хожалығы тараўында хызмет етип атырған пуқаралар арасында профилактикалық тексериўлерди, скрининг бағдарламаларын режели шөлкемлестириў, медициналық тексериўлердиң нәтийжелерине бола кеселлик анықланған адамларды емлеў, бәҳәр мәўсиминиң қызғын дәўирине шекем олардың саламатлығын беккемлеў илажларын көриў мақсетинде өткерилди,-дейди бирлеспе баслығы Ж.Тарийхов.




Акция шеңберинде 6 илаж өткерилип, арнаўлы бир неше телекөрсетиў, радиоеситтириўлер таярланды. Газеталарда ҳәм интернет тармақларында мақалалар жәрияланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги