Халқымыздың бай мийрасларын қызлар арасында үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Аналар ҳәййиў айтқанда» атамасында таңлаў болып өтти.

Таңлаўда барлық қәнигеликлерден студент-қызлар қатнасып, олардың ҳәййиў айтыў шеберлиги, миллийлиги, жанлы ҳаўазда шеберлик пенен атқарыўы ҳәм ҳәййиўдиң мазмунына айрықша итибар қаратылды.

Жарыс жуўмағында 1-орынды «Психология (спорт)» қәнигелигиниң студенти Ф.Кеўлимжаева, 2-орынды «Мектепке шекемги баслаўыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт» қәнигелигиниң студенти Р.Матчанова, 3-орынды «Психология (спорт)» қәнигелигиниң студенти Н.Абдуназарова ийеледи.

Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен Диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, номинациялар бойынша жеңимпазлар да Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.



– Халқымыздың бурыннан сақланып киятырған үрп-әдет, дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм кейинги әўладларқа сап ҳалында жеткериў ўазыйпамыз, -дейди филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Б.Алламбергенова. – Аналарымыз тәрепинен бүгинги күнде ҳәййиўдиң ҳәр қыйлы текстлери пайдаланылады. Ҳәййиў перзенттиң мийрим-шәпәәт, Ўатанға сүйиспеншилик, садықлық сезимлери тийкарында, ертеңги күни халқына пайдасы тийетуғын инсан болып жетилисиўине хызмет етеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги