Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир топар студент-жаслары ҳәм профессор-оқытыўшылары Мойнақ районында болып, ол жерде Аралдың қурыған ултанында сексеўил нәллерин егиў менен бирге илимий-изертлеў жумысларын алып барды.
Дәслеп бул жерде университеттиң Биология факультети жанындағы Биоэкология илимий лаборатория әсбап-үскенелери жәрдеминде ҳаўаның, топырақтың қурамы анықланып, экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде 9 мыңнан аслам сексеўил ҳәм жыңғыл нәллери, 50 килограмм сексеўил ҳәм 50 килограмм қарабарақ туқымлары егилди.
Хабарыңыз бар, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Аралдың қурыған ултанында тоғайлық пайда етиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 миллион 624 мың гектар майданға сексеўил нәллери егилген, -дейди биология факультетиниң деканы, биология илимлериниң докторы, профессор Якуб Ахметов. -Усы ийгиликли ислерге студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар да үлес қоспақта.
Дәслеп университет жәмәәти ҳәм белсенди студент-жаслар Арал теңизиниң тарийхы менен байланыслы экспонатлар менен танысты. Буннан соң ашық аспан астындағы музей – «Кемелер қәбиристаны»нда болып, ол жерде университет студентлери суўсыз қалған кемелер ҳәм тәбият көринислерин өз картиналарында сәўлелендирди. Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында «Елимизде миллетлераралық дослықты, кеңпейилликти ҳәм тынышлықты сүйемиз!» сүрени астында саз-сәўбет кешеси ҳәм бақсылар қатнасыўында мәдений илаж өткерилди.
Еки күн даўам еткен «Уллы келешекти Мойнақ жаслары менен биргеликте қурамыз!» сүрени астындағы илажларға Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Б.Мәтмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Инновациялық раўажланыў аймақлық басқармасының баслығы Н.Каюпов ҳәм басқалар қатнасып, студент-жасларға бундай ийгиликли жумысларға өз үлесин қосып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Илажды өткериўден мақсет – ана тәбиятты қәстерлеп сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, жер, суў, тоғай, атмосфера ҳаўасын, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, олардың зыянланыўы ҳәм жоқ болып кетиўиниң алдын алыўдың әҳимийетин жасларға түсиндириў болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги