Әзелден республикамыздың илим-билим, өнерментшилик ҳәм саўда орайы болған Шымбай қаласында мешит-медиреселер ҳәм китап сатыў дүкәнлары болып, олар халқымызға зыя нурын таратқан.

Кеңес ҳүкимети орнағаннан соң болса, бул илим орайларының орнын баслаўыш мектеплер, педагогикалық оқыў орынлары, театр ҳәм газеталар атқара баслаған. Усындай бир қыйын ҳәм жуўапкершиликли дәўирде өз жумысын баслаған «Шымбай ҳаўазы» газетасы быйылғы жылы өзиниң 90 жыллық юбилейин белгилемекте.

Усы мүнәсибет пенен район орайында жайласқан Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Шымбай ҳаўазы» газетасына 90 жыл» атамасында юбилей кешеси болып өтти.


Оған район ҳәкимлиги, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы басшылары, Жазыўшылар аўқамы ағзалары, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.


Кешеде район ҳәкими А.Тажетдинов, Өзбекстан Журналистлер аўкамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист К.Реймов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Өзбекстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери Ш.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм коммуникациялар басқармасы сектор баслығы Б.Ережепов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, белгили шайыр Р.Отарбаев, шайыр Б.Сейдабуллаев, «Шоманай нуры» газетасыныӊ редакторы М.Тилепова, «Пайтахт» газетасыныӊ редакторы Ғ.Бердибаев, районлық Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ нураныйлар бойынша мәсләҳәтшиси Ө.Толыбеков, «Шымбай ҳаўазы» газетасының бурынғы редакторы, нураный журналист Бекбай Сапаров, район ҳәкиминиӊ орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г. Мамбетниязова, ҳәўескер шайыр Б.Қаниязов, нураный аналар ҳәм ветеран журналистлер, жас қәлемкешлер сөзге шығып «Шымбай ҳаўазы»  газетасыныӊ 90 жыллық юбилейи менен қутлықлап, газета тарийхы, онда мийнет еткен дөретиўши инсанлар ҳәм бүгинги күни  жәрияланып атырған материаллар ҳакқында өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди.

-Газетамыз бүгинги күни еки мыңнан аслам тиражда шығып келмекте,-дейди бизге газетаның редакторы Айнура Утениязова.-Юбилей кешесинде нураныйлар менен бирге, газета оқыўшыларының да пикир-усынысларын еситтик ҳәм бул усыныслар бойынша алдағы ўақытлары редакция жәмәәти менен биргеликте жумыс алып барамыз.

Байрам  кешеси шайырлар қәлеминен дөреген қосықлар менен және де заўықлы болып өтти.

Буннан соӊ кеше қатнасыўшылары район орайындағы  «Азиза» ресторанында бир кесе шай үстинде сәўбетлесип, нураный  журналистлерге район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы