«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы биргеликте ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирди.

Оған жергиликли депутатлар, министрликлер менен мәкемелердиң, Жаслар ислери агентлигиниң, барлық партия шөлкемлериниң басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген сәўбетлесиўде «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Президент пәрманының жойбары додаланып, пикир-усыныслар тыңланды.

Интерактив тәризде өткерилген илаж даўамында мәмлекетлик бағдарламада белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар бойынша қатнасыўшылардың баянатлары тыңланды.

Илажға онлайн тәризде қатнасқан Нөкис қаласы ҳәм районлардағы Халық қабыллаўханалары баслықлары, депутатлар ҳәм журналистлердиң пикир-усыныслары да тыңланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги