Бүгинги күни елимизде депутатларға халық пенен бирге ислесиў, олардың пикир-усынысларын тыңлаў ҳәм машқалаларына нызамлы шешим табыў бойынша бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпалар жүкленбекте.
Сонлықтан ҳәзирги күнлери Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары аймақларға барып, өзлериниң сайлаўшылары менен ушырасып, олардың пикир-усынысларын тыңламақта ҳәм орынлардағы артта қалып атырған қурылыслардың жағдайлары менен таныспақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты З.Реймова да Нөкис районы Төктаў ҳәм Дарсан мәкан пуқаралар жыйынларында болып усындай ушырасыўлар өткерди.
Сондай-ақ, ол Төктаў елаты турғыны Зайнап Ғаниевныӊ ҳалынан хабар алып, оған майыплық арбашасы ҳәм азық-аўқат өнимлерин тапсырған болса, Дарсан мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Наргиза Хожамбергенованың пуқараларық паспорт ҳәм кийим-кеншек алыў мәселеси бойынша мүрәжатын тыңлап, жәрдем берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы