Усы жыл 17-февраль күни Нөкисте Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық  партиясы шөлкемлестирилгениниң 28 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партияның  қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң баслықлары, “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Жаслар қанаты”ның белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы  Н.Қаипбергенов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда  Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясының айрықша қатнасын, партияның бағдарламалық ўазыйпаларын әмелге асырыўда шын кеўилден хызмет етип атырған барлық дәрежедеги депутатлар, партия белсендилериниң пидәкерлик хызметлерин атап өтти ҳәм бәршени байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, пуқаралық жәмийетин қурыў процесинде сиясий партиялардың жумысына айрықша итибар қаратылып, оларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте. Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық  партиясы 1995-жылы 18-февральда  шөлкемлестирилген болып, жәмийетимизде социаллық сиясатты әмелге асырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың сиясий белсендилигин арттырыў жолында салмақлы үлес қосып киятырған сиясий күш есапланады.

Партияның бағдарламалық ўазыйпаларын тәмийинлеў, оларды турмысқа енгизиў арқалы халық пенен тиккелей пикирлесиў орнатыўда жаңаша қатнас енгизилип, өз гезегинде пуқаралардың машқалаларын шешиўде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Жәмийетте ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Илажда партияның  мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик көрсеткен бир топар депутатлар, партияның  қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң баслықлары, “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Жаслар қанаты”ның ағзаларына Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңесиниң Алғыснамасы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Ф.Палўанова, “Жаслар қанаты”ның ағзасы,  “Адолат” көкирек белгисиниң ийеси И.Айимбетовлар шығып сөйлеп, билдирилген исеним партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда буннан былай да жуўапкершилик жүклейтуғынын атап өтти.


Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының басшысы Д.Қурбаниязов қатнасты.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери