Нөкисте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы, Жасыл климат фонды ҳәм Өзгидромет тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар шеңберинде климаттың өзгериўине бейимлесиў илажларын экономикалық баҳалаў ҳәм әҳмийетли бағдарларды анықлаў бойынша тренинг өткерилди.
«Өзбекстанда бейимлесиўдиң орта ҳәм узақ мүддетли режелестирилиўин әмелге асырыў ушын секторларға сүйенген миллий бейимлесиў режеси» жойбары шеңберинде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда, Экономика ҳәм қаржы, Аўыл хожалығы, Суў хожалығы, Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы, Айрықша жағдайлар министрликлери ҳәм Гидрометеорология басқармасының хызметкерлери қатнасты.
Илажда тренерлер климат қаржысы бойынша аналитик, жойбар хызметкери Н.Абдунабиев, экономикалық баҳалаў бойынша косультант Ҳ.Сайдалиевлер қатнасыўшыларға климаттың өзгериўине бейимлесиў илажлары ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында мағлыўмат берип, әҳмийетли бағдарларды таңлаў нормалары талланды. Теориялық ҳәм әмелий сабақлар даўамында пайда-қәрежетти таллаў, рентабельлик усылы, көп нормалы таллаў, инвестицияны таллаў сыяқлы усыллар көрип шығылды. Сондай-ақ, тренинг қатнасыўшылары қоршаған орталықты тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарлары ҳәм жеңилликлери ҳаққында кең түрде мағлыўматларға ийе болды. Экологиялық ҳәм экономикалық хошаметлеў бағдарында сырт ел тәжирийбесин көрип шығып, климаттың өзгериўине бейимлесиў бойынша илажларды қаржыландырыў ҳәм бюджетлестириў қалай әмелге асырылып атырғаны ҳаққында мағлыўматлар берилип, додаланды.
– Нөкисте климаттың өзгериўине бейимлесиў миллий режесин ислеп шығыў бойынша тренинг өткердик, -дейди БМШ РБда климат финансы бойынша аналитик Нурылла Абдунабиев. Мақсет – режедеги илажлардың экономикалық нәтийжелилигин баҳалаў болып табылады. Қатнасыўшылар реже ислеп шығыўдың қаржыландырыў басқышында илажлардың қайсысы ең нәтийжели екенлигин анықлаўға ҳәрекет етти. Жойбар шеңберинде Өзбекстанда 5 тараў ҳәм 3 аймақ климат өзгериўине ең тәсиршең тараў және аймақлар сыпатында таңлап алынды. Сол себепли усы тараў ўәкиллерин қамтып алған ҳалда белгиленген аймақларда тренинглер өткерип атырмыз. Оларға экономикалық баҳалаў формулалары, олардан пайдаланыў мақсетке муўапық екенлиги түсиндирилди. Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында тренинг өз жумысын жуўмақлап, енди Бухара ўәлаятында өткериледи.
2020-2023-жыллар даўамында Гидрометеорология хызмети орайы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте Жасыл климат фондының қаржылай жәрдеми менен әмелге асырылып атырған бул жойбарға Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятлары қамтып алынған. Жойбар тийкарынан аўыл ҳәм суў хожалықлары, денсаўлықты сақлаў, турақ жай қурылысы ҳәм тәбийғый апатшылықларды басқарыў бағдарларында климат өзгериўине бейимлесиў илажларын ислеп шығыўда институционаллық ҳәм техникалық потенциалды арттырыўға бағдарланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги