Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен анықланған гезектеги жағдайда акциз маркалары менен қадақланбаған темеки өнимлериниң саўдасына шек қойылды.
Бажыхана уйымлары тәрепинен бүгинги күни сапасы кепилленбеген затлардың нызамсыз айцланысының алдын алыў бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.
Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара сырт елде ислеп шығарылған, сапасы ҳәм муғдар гиреўи болған акциз маркалары менен қадақланбаған, жәми 500 қутыда “ESSE CHANGE” темеки өнимин “шәртли қарыйдар”ға 10,5 миллион сумға сатып атырған ўақтында қатнасыўшылар тәрепинен тоқтатып қалынды.
Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги