Усы жылдың 16-февраль күни Ѳзбекстан мәмлекетлик  Консерваториясы Нѳкис филиалы шѳлкемлестириўиндеги “Музыка ҳәм кѳркем ѳнер хабаршысы” илимий-методикалық журналы дәслепки санының презентациясы болып ѳтти.

Оған республикамызға белгили илимпазлар, жазыўшы ҳәм журналистлер, жоқары оқыў орынлары  қәнигелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм студент жаслар қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер журналдың шѳлкемлестирилиўи республикамыздың мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўының илимий потенциалын буннан былай да арттырыўға,  тараўда жас излениўшилер менен кѳркем ѳнертаныўшы илимпазлардың мийнетлерин кең жәмийетшиликке жеткериўге тийкар болатуғынлығын айрықша атап ѳтти.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары мәмлекетимизден илим ҳәм билимлендириўди, мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Президентимиздиң басламасы менен 2021-жылы жумыс баслаған Ѳзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нѳкис филиалы қысқа ўақыт ишинде республикамызда ѳз орнына ийе жоқары оқыў орынларының бирине айланды. Бүгинги күни филиалда 100 ден аслам жас музыка кѳркем ѳнериниң түрли бағдарларында билим алып атырған болса, оларға тәжирийбели устазлар ѳнер сырларын үйретпекте. Филиал жәмәәти ҳәм талантлы студент-жаслар халықаралық, республикалық таңлаўларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

-Кең жәмийетшиликке таныстырылып атырған “Музыка ҳәм кѳркем ѳнер хабаршысы” илимий-методикалық журналы да жәмәәтимиз тәрепинен исленген әҳмийетли жумыслардың бири болды,-дейди журналдың бас редакторы, филиал директоры Р.Алланбаев.-Бул журнал 2022-жылы шѳлкемлестирилип, Ѳзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанындағы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен дизимнен ѳткерилди. Журналда қарақалпақ, ѳзбек, рус ҳәм инглис тиллериндеги материаллар орын алып, ол жылына еки рет баспадан шығады. Журналдың биринши саны “Farma print Nukus” баспаханасы тәрепинен 200 нусқада сапалы етип басылып шықты.



Мәмлекетимиздиң илим-билимлендириў тараўында жумыс алып барып, музыка, мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўының илим, мәденият ғайраткерлери ҳәм қәнигелериниң баҳалы пикирлери билдирилген журналдың дәслепки санында  мәденият ҳәм көркем өнер, музыка көркем өнери менен биргеликте жәмийетлик-сиясий бағдардағы илим изертлеўшилери менен илим жолына дәслепки қәдемлерин таслап атырған жаслардың мақалалары, изертлеўлери орын алған.


Қарақалпақстан хабар агентлиги