Қызылша – оғада жуқпалы кеселлик болып, ол наўқас адам жөтелгенде, түшкиргенде ҳаўа арқалы тарқалады. Бул кеселлик сондай жуқпалы, егер арнаўлы иммунитети (қызылшаға қарсы) болмаса, наўқас адамның әтирапиндағы 10 адамнан 9 адам кеселлениўи мүмкин. Арнаўлы иммунитети болмаған адам наўқас кирген бөлмеге кирсе, ҳәттеки ол шығып кеткеннен кейинги еки саат даўамында кирген болса да кеселликти жуқтырыў қәўпи бар. Қызылша кеселлигин жуқтырған адам кеселлик белгиси пайда болмай турып төрт күн алдын ҳәм бөртпе шыққаннан кейинги төрт күн даўамында жуқпалы болады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң 2022-жыл 17-октябрь күнги арнаўлы көрсетпе хаты тийкарында қызылша кеселлигине қарсы миллий шаншыў илажлары 6 айлықтан 5 жасқа шекемги балалар арасында өткерилмекте.

Бүгинги күнге шекем режедеги 29222 баладан 25641 (87%) балаға қызылшаға қарсы шаншыў илажлары әмелге асырылған.

– Бүгинги күнде қызылша кеселлиги дүньяның көплеген мамлекетлеринде тарқалғанлығы себепли, сизиң шаңарағыңыз шет елге саяҳатқа шықпаса да, кеселленип қалыў имканияты бар,-дейди Нөкис қаласы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң врач-эпидемиолог иммунологи Дәўлетяр Хожаназаров.

Себеби, бүгинги күнде сырт еллер менен қатнасық бир қанша күшейген. Республикамызға келген саяхатшылар бул кеселликтиң жасырын дәўиринде, яғный, клиникалық белгиси болмаған ўақытта республикамыз аймағына алып келиўи мүмкин. Бул қызылша кеселлигинен қорғанбаған адамларға қәўип туўдырады.

Қызылша кеселлигиниң кең тарқалған белгилери-дене ыссылығының жоқарылаўы, жөтел, мурын ағыўы, көзлердиң қызарыўы (коньюктивит), бөртпе шығыўы.

Кеселлик 5 жасқа шекемги балалар арасында аўыр асқыныўларға себепши болыўы мүмкин. Ол 1000 наўқастан 1 жағдайда мийдиң исиниўине (менингит, энцефалит), 20 наўқастан 1 жағдайда өкпе исиниўи (пневмония), 1000 наўқастан 1-3 жағдайда өлимшиликке алып келиўи мүмкин.

Ал, ҳаяллар ҳәмиледарлық дәўиринде кеселленсе, мүддетинен алдын туўыўы ямаса кем салмақлылыққа алып келеди. Ал қызамық (краснуха) пенен кеселленсе, нәрестелердиң ҳәр қыйлы туўма нуқсанлар (пороклар) менен туўылыўына себепши болыўы мүмкин.

Балалардың өмирден ләззет алып жасаўы ушын бул шаншыўлар үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ескертемиз ҳәм ата-аналардың перзентлериниң денсаўлығына бийпәрўа болмаўына ҳәм өзиниң аймақлық поликлиникаларына барып шаншыўын өз ўақтында өткерип, кеселликтиң алдын алыўға шақырып қаламыз.

Қызылшаға қарсы шаншыў илажлары даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги