Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова Германия Сыртқы ислер министрлигиниң Шығыс Европа, Кавказ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша ўәкили Маттиас Люттенберг пенен ушырасты.
Ушырасыўда Омбудсман жумысының тийкарғы бағдарлары нелерден ибарат екенлигине қызығыўшылық билдирди. Сонлықтан институттың пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, қыйнаўлардың алдын алыў бойынша ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген жабық мәкемелерге әмелге асырылып атырған мониторинг сапарлары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң институтлары сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери менен жолға қойылған бирге ислесиў ҳаққында мағлыўмат берилди.
М.Люттенберг Өзбекстанда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарында алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың орны әҳмийетли екенин атап өтти.
Өз-ара сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Германия мәмлекетлериниң инсан ҳуқықлары бойынша институтлары арасында бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында өз-ара пикир алысылды.
ӨзА