Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2022-жыл  25-июлдеги ПҚ-331-санлы  қарары тийкарында аймақларда санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық бағдарындағы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятлар менен жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың дәраматларын арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жыллар даўамында 52 мәҳәлледе микро орайлар шөлкемлестириў  белгиленген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Елликқала районының  Елликқала аўыл пуқаралар жыйынында микро орай  шөлкемлестирилди.

Кеше усы орайдың ашылыў мәресими болып өтти.

Оған Елликқала , Әмиўдәрья, Төрткүл ҳәм Беруний районлары ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, Мәҳәлле кесиминде ислесиў орайының баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, коммерциялық банклердиң басқарыўшылары, қурылыс бөлими баслықлары ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Н.Ерлепесов,  Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А. Қайраддинов, Елликқала районы ҳәкими С.Авезовлар аймақларда өнерментшилик, тигиўшилик, кондитерлик ҳәм шарўашылық бойынша жойбарларды мәҳәллелердиң өзинде әмелге асырыў зәрүрлигин, буның ушын елимизде исбилерменлер ушын барлық қолайлы шарятлар жаратылғанын атап өтти. Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2022-жыл  25-июлдеги «Мәҳәллелерде  санаат, өнерментшилик, жумысты бөлип алып ислеў ҳәм шарўашылық микро орайларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары усындай мақсетлерди әмелге асырыўда ҳуқықый тийкар болды.

Елимизде жаратылып атырған жеңилликлерден нәтийжели пайдаланған жас исбилермен   “Tech Bustan”  жәмийети баслығы  Ахунжон Саидолимов  аукционда қатнасып,  Елликқала АПЖ аймағында бос турған имаратты ижараға алды ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратты. Банктиң 65 миллион сумлық жеңилликли кредити, 135 миллион сум өз қаржысы есабынан шөлкемлестирилген бул микро орайда тигиўшилик, гилем тоқыў цехлары жумыс жүргизбекте.  Хәзирги күнлери бул жерде аймақтың 20 ҳаял-қызы, соның ишинде «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 10 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген. Келешекте орай жумысын еле де кеңейтиў режелестирилген.



Илажда имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары микро орайдың жумыслары менен жақыннан танысты ҳәм онда ислеўшилер менен пикирлести.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы