Соңғы жыллары елимизде медицина тараўын қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм усы арқалы халықтың саламат турмысын тәмийинлеў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, аўыллық жерлерде халыққа медициналық хызмет көрсетиў орынларына жаратылып атырған жаңа қолайлық ҳәм имканиятларды көрип, кеўлиңиз көтериледи.
Елликқала районында да бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтатуғын болсақ, аймақтағы медицина мәкемелерине қурылыс-оңлаў жумыслары жүргизилип, олар заманагөй медициналық үскенелер, керекли дәри-дәрмақлар ҳәм тез жәрдем көрсетиў автомашиналары менен тәмийинленбекте.
Кеше район медицинасында және бир қуўанышлы жаңалық жүз берди. Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Ақшакөл ҳәм Гүлдирсин аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў мақсетинде, аймақтағы 60-61-санлы шаңарақ поликлиникаларына еки «Фольксваген» маркалы тез жәрдем автомашиналары салтанатлы түрде тапсырылды.
Оған район ҳәкиминиң орынбасары У. Ражапбаев, районлық медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Б. Аннаевлар қатнасып, медицина хызметкерлерин жаңа техникалардың алып келиниўи менен қутлықлады ҳәм олардың сапалы тез жәрдем көрсетиўине тилеклеслик билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы