Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар халықтың дәртин тыңлаў, олардың машқалаларын унамлы шешиўде күтилген нәтийжелерди бермекте.

Шымбай районы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби имаратында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары  тәрепинен Шымбай, Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир районы пуқаралары ушын  көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда суд қарарларының орынланыўы, наразылық билдириў, алимент мәселеси, ажырасыў, қарызын өндириў, кредит, турақ жай, жәрдем пул алыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша 60 қа шамалас мүрәжат көрип шығылды.

Атап айтқанда, Қараөзек районынан А.Ташкараев үйи кадастрдан өткенлиги, бирақ ҳәким тәрепинен қарар шығарылмай атырғанлығын, Шымбай районынан Б.Камалова «Қишлоққурилиш банк» АКБ тәрепинен турақ жай бойынша биреў өзиниң атынан кредит алғанынан наразылығы, және усы районнан Б.Ережепов балаларына жәрдем пул берилмей атырғанлығын мәлим еткен. Р.Исмайлова студент қызының контракт пулын төлеў мәселесинде жәрдем сораған. Ал, Кегейли районынан Н.Азизов ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте ЖШЖ ашқанын, бирақ ҳәким жәрдемшиси жумыстан кеткенннен соң ЖШЖ 6 ай ҳәрекетсиз турғаныны ушын салық қарыздарлығы шығып, оны өндириў ушын МОБ қа жиберилгенинен наразы екенин билдирди.

Көрилген мәселелердиң айырымлары өз орнында шешилип, айырымларына тийисли мәсләҳәтлер берилди.










Қарақалпақстан хабар агентлиги