Кадастр агентлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Неъмат Атамуратовтың қатнасыўында өткерилген брифингте халықты қызықтырып атырған сораўларға жуўап берилди.
Атап өтилиўинше, үй сносқа түскен ҳәм түспегенин билиў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы Көшпес мүлк бөлиминен Көшпес мүлк бузылыўға түскен ямаса түспегенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў хызметин таңлап арза бериледи.
Арза 3 жумыс күни даўамында көрип шығылады ҳәм мағлыўматнама бериледи. Бул тәртип Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-апрельдеги 200-санлы қарарында белгилеп қойылған.
Сондай-ақ, қәнигениң сөзлерине бола, сатып алынған жерге жай салыў ушын алдын жердиң өзиниң кадастр паспорты қәлиплестириледи. Кейин жер мәмлекетлик дизимнен өткериледи. Буннан соң қурылыс жойбарына район қурылыс бөлимлеринен руқсат алынады. Қурылыс исленеди. Қурылған имаратты пайдаланыўға қабыл етиў ушын мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиледи. Усы мүрәжат тийкарында көшпес мүлктиң кадастр ҳүжжети рәсмийлестириледи ҳәм пуқараға кадастр паспорты бериледи ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткериледи.
Аукцион саўдалары арқалы жер участкасы утып алынғанында жерди ким өлшеўине анықлық киргизиў ушын Мәмлекетлик кадастрлар палатасының тийисли районлық, қалалық филиаллары ямаса қурылыс бөлимлерине мүрәжат етиледи. Үш жумыс күни даўамында жер өлшеп бериледи.
Кадастр агентлиги тәрепинен көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлигин тексериў ушын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге имканият жаратылған. Оның ушын davreesrt.uz порталына кириледи. Онда 3 түрдеги мағлыўматларды тексериў мүмкин:
Кадастр номери арқалы;
салық төлеўшиниң идентификация номери арқалы;
физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери арқалы.
Көширме алыўды қәлеген пуқаралар ушын сайт арқалы бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына өтиў имканияты да бар.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА