Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе,  жаслар ҳәм  ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бүгинги күни елимизде жүргизилип атырған мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири. Сонлықтан республикамыз аймақларында бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Әмиўдәрья районында да «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар жүргизилмекте.

Кеше район ҳәкими С.Йулдашев ҳәм райондағы 4-сектор баслығы А.Сейтов пенен биргеликте қолында өнери бар, тигиўшилик пенен шуғылланыўды қәлеўши 32 жасқа субсидия тийкарында заманагөй тигиў машиналары тапсырды ҳәм олардың алдағы ўақытлары усы үскенелер жәрдеминде шаңарағына дәрамат киргизиўине тилеклеслик билдирди.



Жаңа тигиў машиналарына ийе болған әмиўдәрьялы жаслар да өзлерине көрсетилип атырған бундай қоллап-қуўатлаў ушын елимиз басшыларына терең миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы