Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң 4-статьясына муўапық, ҳәр қандай мәпдар шахс өзиниң бузылған яки тартысып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судына (судқа) мүрәжат етиўге ҳақылы.
Усы кодекстиң 128-статьясында «Арза (шағым) судқа жазба түрде бериледи. Оған арза бериўши яки оның ўәкили тәрепинен қол қойылады. Арзада (шағымда) арза (шағым) берилип атырған судтың атамасы, исте қатнасыўшы шахслардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты, жайласқан жери (почта мәнзили) яки жасаў орны, арыз етилген талапларға тийкар болған жағдайлар (егер олар бар болса), арыз етилген талаплардың тийкарларын тастыйықлаўшы дәлиллер көрсетилиўи керек. Сондай-ақ, арза бериўшиниң нызам ҳүжжетлерине тийкарлап келтирген талаплары, талап бир неше жуўапкерге қаратылган болса, олардың ҳәр бирине байланыслы талаплар, қосымша етилип атырған ҳүжжетлердиң дизими, арзада (шағымда) арза бериўшиниң яки оның ўәкилиниң телефон, факс номерлери, электрон мәнзили көрсетилиўи мүмкин, деп белгиленген.
Арза бериўши арза менен мүрәжат еткенде усы Кодекстиң 130-статьясына муўапық, арзаға (шағымға) белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда мәмлекетлик бажы пулы төленгенлигин, егер усы түрдеги ислер ушын нызамда нәзерде тутылған болса, белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда почта қәрежетлери төленгенлигин, арзаның (шағымның) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жуўапкерге ҳәм үшинши шахсларға жиберилгенлигин, арыз етилген талапларға тийкар болған жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша етиледи. Сондай-ақ, арзаға (шағымды) қол қойыў ўәкиллиги, егер оған ўәкил тәрепинен қол қойылған болса, деп белгиленген.
Егер арза бериўши Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң 134-статьясы талапларына әмел етпегенде «Судья арзаны (шағымды) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди төмендеги жағдайларда қайтарады. Яғный, егер арзаның (шағымның) усы Кодекстиң 128-статьясында белгиленген түри ҳәм мазмунына әмел етилмеген, жуўапкер ҳәм үшинши шахсларға арзаның (шағымның) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин тастыйықлаўшы дәлийллер берилмеген болса қайтарады. Сондай-ақ, мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетлери белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер берилмеген болса, мәмлекетлик бажы төлеўди кешиктириў, бөлип-бөлип төлеў мүмкин екенлиги нызамда нәзерде тутылған жағдайларда болса, бул ҳаққында өтиниш хаты болмаса ямаса өтиниш хаты қанаатландырылмаған болса, деп белгиленген.
Руслан Жумабаев,
Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги