«Бир депутат – жүз ҳаял-қызға көмекши» жойбары шеңберинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының баслығы Б.Искендеров тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте Мәденият МПЖ аймағында жасаўшы, «Ҳаял-қызлар дәптери» дизиминде турған, 14 жылдан берли остеохондроз кеселлигине шалынып, төсек режиминде емленип атырған пуқара Л.Абдижаппарованың жағдайынан хабар алды.
– Бүгинги күнде аймағымызда 4 мыңнан аслам адам жасайтуғын болса, соннан 1836 сын ҳаял-қызлар қурайды,-дейди МПЖ ның ҳаял-қызлар белсендиси Л.Уразбаева. – Соннан, 1131 ҳаял-қыз хатланып, 114 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери» не киргизилди.
Бүгин де усы аймақтан сайланған депутат пенен биргеликте кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, «Ҳаял-қызлар дәптери» дизиминде турған ҳаял-қызлардың жағдайынан хабар алыўды мақсет еткенбиз.
Аймақ патронажлары тәрепинен пуқараның денсаўлығы медициналық тексериўден өткерилип, бийпул дәри-дәрмақлар ҳәм азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.
Пуқара Л.Абдижаппарова менен сәўбетлесиў өткерилип, мүрәжатларын тыңлап, тийисли шөлкемлер менен бирге үйренип шығыўға депутатлық сораўын жибериўге ҳәм қадағалаўға алыўға келисип алынды.
Жойбар шеңберинде орынларда халық ўәкиллериниң үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги