Футзал бойынша 14 жасқа шекемги қызлар арасында Қашқадәрья ўәлаятында болып өткен Өзбекстан бириншилигинде республикамыздың командасы екинши орынды ийелеп қайтты.
Республикамыз атынан қатнасқан Әмиўдәрья районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары Сырдәрья ўәлаяты командасын 2:0, Хорезм ўәлаяты командасын 3:0 Әндижан ўәлаяты командасын 1:0, ярым финалда болса, Жиззақ ўәлаяты командасын 3:1 есабында утып, финалға жоллама алды. Жуўмақлаўшы ойында майдан ийелери Қашқадәрья ўәлаяты командасынан утылып, екинши орынды ийеледи.
Республика бириншилигиниң жеңимпазлары менен қатнасыўшылары Өзбекстан футбол ассоциациясының дипломлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы