Усы жылдың 9-10-февраль күнлери Қазақстан Республикасының Түркстан қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң биринши парламентлер аралық форумы болып өтип, онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация қурамында қатнастым.

Форум даўамында Орайлық Азия мәмлекетлери арасында стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм бул процессте парламентлердиң ролин және де арттырыўға байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, илажда Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәплерине қаратылған тынышлық-татыўлық, қәўипсизлик, шегара мәселелери, сондай-ақ, экономика, инвестиция, туризм, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм экологияға байланыслы регионаллық және халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша әҳмийетли басламалар менен қарарлардың қабыл етилиўинде парламент дипломатиясының орны ҳәм әҳмийети күн сайын артып баратырғаны атап өтилди.

Әсиресе, глобал қәўип-қәтерлер күшейип атырған бүгинги жағдайда туўысқан ҳәм өз-ара дос халықлар парламентлериниң ҳәрекетлерин бирлестириў, олардың потенциалынан және де кеңирек пайдаланыў оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасының парламент дипломатиясы концепциясының қабыл етилгени өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғанлығы, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға қаратылған жумыслар парламент ағзаларына айрықша жуўапкершилик жүклейтуғыны форум даўамында атап өтилди.

Халықаралық сиясаттағы жоқары турбулентлик шараятында ҳәм дүнья экономикасында кризисли ҳәдийселердиң күшейиўи фонында парламентлердиң ҳәрекетлерин бирлестириў, машқалаларды биргеликте шешиўге болған талап күн сайын артып бармақта. Өткерилген форумның және бир әҳмийетли тәрепи, усындай турмыслық талапларды қанаатландырыў менен бир қатарда регионаллық бирге ислесиўди және де беккемлеўге үлес қосады.

Соны айрықша атап өтиў тийис, форумда улыўма тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа тийкарланған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўде парламент ағзаларының қатнасыўын және де күшейтиў мәселелери де кеңнен додаланды.

Форум даўамында Өзбекстан Президентиниң басламасы тийкарында регион мәмлекетлериниң жетекшилери арасында алып барылып атырған өз-ара исенимге тийкарланған жедел сиясий сөйлесиўлер болып өтти.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар еки ҳәм ҳәр тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда ҳәр қыйлы форумлар, мәдений илажларды өткериў, халықларымызды бир-бири менен және де бирлестириўге хызмет ететуғын туризм бағдарларында бирге ислесиўдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пикир алысты.

Мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиў, тараўлардағы байланысларды еле де күшейтиў, сондай-ақ, белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм парламентлердиң имканиятларынан кеңирек пайдаланыўда өткерилген илаждың әҳмийети оғада үлкен.

 

Руслан Джумамуратов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги