Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-июнь күнги «Дзюдо спорт түрин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Дзюдо Федерациясы Нөкис қалалық бөлими менен биргеликте 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Мектепке шекемги дзюдо» дөгереги шөлкемлестирилди.

Соңғы жылларда елимизде жаслардың спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў ҳәм физикалық жағдайын жақсылаў мақсетинде спортқа болған итибар күшейтилип, денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў бағдарында көплеген нәтийжели ислер әмелге асырылып, жас әўладтың спорт пенен шуғылланыўына барлық шараятлар жаратылмақта.

– Келешегимиз болған балаларымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды физикалық жақтан шынықтырыў, спорт тараўында қәбилетин көрсетиўи ушын мүмкиншиликлер жаратып бериў, жаслар арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм спорт жарыслары арқалы жаслардың шыдамлылығы, күши ҳәм мүмкиншиликлерине болған исенимин беккемлеў сыяқлы мақсетлерге хызмет етиўши бул дөгеректиң алдағы жумысларына раўаж тилеймиз, -дейди 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры Венера Утешова. – Келешекте бул дөгеректен белгили спортшылар, Қарақалпақстан, Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән чемпионлары жетилисип шығатуғынлығына исенимимиз кәмил.





– Дөгеректиң шөлкемлестирилиўинде 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры тәрепинен ҳәр  тәреплеме жәрдем берилди. Нәтийжеде бақшадағы балаларды спорт пенен қамтып алыныўға еристик, -дейди дөгерек тренери Ықлас Жийенбаев. – Бул олардың үлкен қуўанышына себеп болыў менен бирге, қәбилетли балаларды таңлап алыўға тийкар жаратпақта.

Биз де өз гезегинде жақсы нийетлер менен жумыс баслап атырған бул дзюдо дөгерегиниң ийгиликли ислери әмелге асып, спортқа ықласлы жасларымыздың елимиз байрағын бәлентлерде желбиретип, даңқын дүньяға жайып, бул дәргайдың абырай-мәртебесиниң бәлент болыўына тилеклеслик билдиремиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги